Усы мақсетте "Бунёд жолаўшы тасыў" кәрханасы тәрепинен дерлик 8 миллион доллар есабынан 80 заманагөй автобус алып келинбекте. Ҳәзирге шекем соннан 50 и келтирилген.

Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятқа сапары ўақтында халыққа жаратылып атырған қолайлықлар менен танысты.

"ЕВРО-5" талапларына жуўап беретуғын бул автобуслардың сыйымлылығы 70 адамлық. Төбеси төмен болғаны ушын майыплар ҳәм кекселер ушын да қолайлы. Сондай-ақ, Wi-Fi ҳәм бақлаў камералары да бар. Бундай заманагөй жәмийетлик транспорттан жасы үлкен де, жасы киши де бирдей разы.

Алдынғы киши автобуслардың ҳәр бири күнине 200-300 адамды тасыйтуғын болса, жаңа автобуслардың ҳәр бири мың адамға хызмет көрсетпекте. Олардың қатнаў аралығы да еки есеге қысқарып, 5-12 минутқа түсти. Нәтийжеде Үргенш қаласында халықтың жәмийетлик транспорттан пайдаланыў дәрежеси 38 процентке жетти.

Тийкарғысы, бундай шараятлар транспорт жетиспеўшилиги ҳәм көшелерде тығылыстың алдын алып, пуқаралардың еркин ҳәрекетлениўине хызмет етпекте.

Жәмийетлик транспорт пенен жақсы қамтып алынбаған аймақлар ушын кәрхана тәрепинен тез арада және 30 автобус алып келиниўи нәзерде тутылған.

Президентимиз жәмийетлик транспортты районлар менен нәтийжели байланыстырып, жөнелислерди қолайластырыў бойынша көрсетпелер берди. Жолларды оңлап, айдаўшылардың маманлығын ҳәм техникалық хызмет сапасын арттырыў автобуслардан пайдаланыў мүддетин созыўда әҳмиетли фактор екени атап өтилди.