баннер
22 Apr 2025
23:49

    Усы ҳәптеде ҳаўа температурасы +15 дәрежеге шекем көтерилиўи күтилмекте

    "Өзгидромет" агентлиги жаңа жумыс ҳәптесинде өзбекстанлыларды қандай ҳаўа райы күтип атырғаны ҳаққында мағлыўмат берди.

    "Өзгидромет" агентлигиниң мәлим етиўинше, бүгин күндиз ҳәм жумыс ҳәптелигиниң ақырына шекем Өзбекстанның барлық аймақлары бойынша жаўын-шашынсыз ҳаўа-райы сақланады.

    Республиканың айырым жерлерине түнде ҳәм азанда думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи.

    Ҳаўа температурасының әсте-ақырын көтерилиўи даўам етеди. Ҳәптениң биринши ярымында түнлери бираз суўық болыўы сақланып қалады, күндизлери болса ҳаўа температурасы 8-11 дәреже әтирапында болады. Сәршемби ҳәм пийшемби күнлери түнде 0-3 дәреже ыссы, күндиз 12-15 дәреже ыссы болыўы күтилмекте. Арқада температура тийкарынан түнде 0-5 градус суўық, күндиз 4-9 градус ыссы болады.

    Ташкентте: 3-7-февраль күнлери жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи. 3-4-февральда түнде 0-2 градус суўық, күндиз 8-10 градус ыссы болады. Ҳаўаның температурасы 5-7-февральда түнде 1-3 градус ыссыға шекем, күндиз 12-15 градус ыссыға шекем әсте-ақырын көтериледи.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech