Оған бола, усы жылдың 12-16-май күнлери Өзбекстан бойынша қурғақ ҳәм тийкарынан аз бултлы ҳаўа-райы болыўы күтилмекте. Тек ғана айырым таўлы аймақларда 12-13-май күнлери қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин.
Бүгин күндизги ўақытлары ҳаўаның температурасы 32-35 дәреже әтирапында, арқада, қублада ҳәм шөл аймақларында 37-39 дәрежеге шекем болады. Ертеңнен баслап республика аймағына ыссы ҳаўаның кирип келиўи күшейеди.
Ҳаўаның температурасы әсте-ақырын көтерилиўи күтилмекте ҳәм жумыс ҳәптесиниң ақырына келип, күндизги ўақытлары ҳаўа 37-40 градусқа шекем, айырым жерлерде 41-42 градусқа шекем ысыйды. Арқада ҳәм шөл аймақларында айырым жерлерде самалдың тезлиги 15-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаңлар менен бақланыўы мүмкин.
Ташкентте ҳаўа алағат бултласып, жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи. Бүгин күндиз температура 33-35 градус, 13-14-майда 35-38 градус, 15-16-майда 38-41 градус болады. Түнде температура 19-21 дәрежеден 23-25 дәрежеге шекем көтериледи.