Президенттиң 2025-жыл 8-сентябрьдеги ПҚ-269-санлы қарарына муўапық қабыл етилген бул ҳүжжет пенен «in-vitro», микро ҳәм мини картошка түйнеклерин жетистириў бойынша төмендеги талаплар белгиленбекте:
- илимий мәкемелер ҳәм исбилерменлердиң «in-vitro», микро ҳәм мини түйнеклер өсимликлерин жетистириў жумысына қойылатуғын талаплар;
- шыбын-ширкейлерге қарсы тор менен қоршалған ыссыханаларға яки қорғалатуғын имаратларға қойылатуғын талаплар;
- қәнигелестирилген районларда (Булунғур, Зомин, Бахмал, Бостанлық, Шаҳрисабз, Китоб, Қорғонтепа, Янгиқўрғон ҳәм Сўх районлары) картошка мини-түйнеклеринен жоқары репродукциядағы туқымлық картошка жетистириўши субъектлердиң жумысына қойылатуғын талаплар;
- картошка жетистириўши субъектлердиң аймақларына қойылатуғын талаплар.
Жоқары репродукциялы туқымлық картошка жетистириўде жер майданы районлық апробация комиссиясы тәрепинен жылына кеминде 2 мәрте (туқымлық картошканың гүллеў дәўиринде ҳәм түйнек пайда етиў дәўиринде) апробациядан өткерилиўи белгиленген.








