электрон мәлимлеме системалары арқалы ҳүжжетлер алмасыўын шөлкемлестириў;
суд экспертизасын тайынлаў ҳәм ис материалларын жибериў;
электрон мәлимлеме системалары арқалы сораўларды қабыл етиў ҳәм изертлеўлер өткериў;
электрон мәлимлеме системалары арқалы ҳүжжетлердиң айланысы тәртиби ҳәм мүддетлери;
эксперт тексериўлери нәтийжелери бойынша жуўмақ таярлаў ҳәм оны электрон мәлимлеме системалары арқалы жибериў тәртиби;
Мағлыўмат ушын: Президенттиң 2025-жыл 8-сентябрьдеги ПҚ-270-санлы қарарына муўапық, экспертиза тайынлайтуғын уйымлар ҳәм суд-экспертиза шөлкемлери арасында «E-ekspertiza» платформасын усы уйымлардың мәлимлеме системалары менен толық интеграциялаў арқалы өз-ара электрон мәлимлеме алмасыўын жолға қойыў нәзерде тутылған.
Усы Режеге муўапық, экспертиза тайынлаў ҳаққындағы қарар (ажырым) ҳәм ис материаллары «E-ekspertiza» платформасы арқалы жиберилмеген жағдайда, суд-экспертиза шөлкемлери тәрепинен бундай қарар (ажырым) тийкарында экспертиза өткериўге жол қойылмайды.
Сондай-ақ, Режеде электрон мәлимлеме системалары арқалы келип түскен ҳүжжетлерди экспертиза тайынлаған уйымға қайтарыў тийкарлары белгиленген.
Буннан тысқары, «E-ekspertiza» платформасы арқалы шәртнама тийкарында төлениўи керек болған ис материаллары бойынша электрон төлемди әмелге асырыў имканияты жаратылмақта.
Соның менен бирге, экспертиза тайынлаған уйым (шахс) өзи тайынлаған экспертизаның орынланыў жағдайын онлайн бақлап барыў имканиятына ийе болады.
Усы қарар менен Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына да өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.
Бул қарар экспертизаларды өткериў ўақтын кескин қысқартыў, артықша әўерегершилик, почта қәрежетлери ҳәм бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў, суд экспертизасы тараўына ИКТны кеңнен енгизиўге хызмет ететуғынын атап өтиў керек.