Олардың Олий Мажлис Сенатының ағзалары менен ушырасыўы болып өтип, онда елимизде муғаллим ҳәм устазлардың статусына, олардың жумыс ислеўине қаратылып атырған итибар, тараўдың ҳуқықый тийкарларын жетилистириў ҳәм муғаллимшилик кәсибиниң абырайын арттырыў сыяқлы билимлендириў тараўын раўажландырыўға байланыслы әҳмийетли мәселелер додаланды.
Ушырасыў даўамында билимлендириў тараўы қәнигелериниң пидәкерлик мийнети жәмийетлик турмыстың ҳәр қыйлы бағдарларында өз нәтийжесин берип, жас әўладтың тәрбиясында, соңғы нәтийжеде, оның өмир жолын белгилеўде өз көринисин таўып атырғаны атап өтилди.
Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўин, жоқары мектепти раўажландырыў бойынша пикир алысылды.
Сәўбетлесиў даўамында педагоглар тәрепинен билдирилген усыныслар ҳәм басламалар билимлендириў системасын тәртипке салыўшы нызамшылықты жетилистириў процесинде әҳмийетли екенлиги инабатқа алынады.
Ушырасыў соңында қатнасыўшылар Сенат имараты ҳәм оның жумысы менен танысты.