баннер
26 Apr 2025
13:35

    Турақ жайларға ҳуқықларды тән алыў басланды

    Мәмлекет басшысының тапсырмасына тийкарланып "Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм оларда қурылған имаратлар менен объектлерге болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында"ғы Нызам қабыл етилген еди.

    Бул тарийхый әҳмийетке ийе Нызамның орынланыўының дәслепки нәтийжелери көзге таслана баслады.

    Атап айтқанда, усы жылдың 1-апрель күни республикада биринши болып Жандар районындағы 5 пуқараның жеке тәртиптеги турақ жайларға ҳәм олар жайласқан жер участкаларына болған ҳуқықларын тән алыў бойынша халық депутатлары Бухара ўәлаятлық Кеңесиниң қарары қабыл етилди.

    Бул қарар Жандар районы ҳәкими, Бухара ўәлаяты әдиллик басқармасы ҳәм Кадастр агентлиги Бухара ўәлаяты басқармасы басшылары тәрепинен өз ийелерине салтанатлы түрде тапсырылды.

    Нызам менен пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң мүлкке болған ҳуқықлары тән алынады, базарда нызамлы капитал айланысы пайда болады, пуқаралар арасындағы мүлклик келиспеўшиликлер, соның ишинде, мийрасқа байланыслы келиспеўшиликлерге шешим табылады.

    Сондай-ақ, халықтың социаллық машқалалары (турақлы дизимге алыў, материаллық жәрдем алыў, мектеп, бақшаға жайластырыў) және имарат ҳәм объектлерди коммуналлық тармақларға жалғаў бойынша мәселелер шешиледи.

    Нызамның орынланыўы турақлы қадағалаўға алынған болып, республиканың барлық аймақларында реже-график тийкарында ҳуқықларды тән алыў бойынша жергиликли Кеңеслердиң қарарлары қабыл етиледи.

    Бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында толық мағлыўматты https://etirof.kadastr.uz сайты арқалы алыўыңыз мүмкин.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech