"Өзатом" ҳәм "Росатом" биргеликтеги АЭС ушын кадрлар таярлаў мәселесин додалады

    Москва қаласында Өзбекстан атом санааты ушын қәнигелер таярлаў мәселелери бойынша Россия-Өзбекстан биргеликтеги жумысшы топарының мәжилиси болып өтти. Ушырасыўға "Өзатом" агентлиги директоры Азим Ахмедхаджаев ҳәм "Росатом" мәмлекетлик компаниясы бас директорының хызметкерлер бойынша орынбасары Татьяна Терентьева басшылық етти.

    Тийкарғы итибар қурылып атырған интеграцияласқан атом электр станциясы ушын кадрлар таярлаўдың миллий режесин қәлиплестириў, соның ишинде, қәнигелерди таңлаў, жас қәнигелерди қоллап-қуўатлаў илажлары ҳәм билимлендириў бағдарламаларын шөлкемлестириў мәселелерине қаратылды.

    Азим Ахмедхаджаев усы жылдың 15-май күни Ташкентте болып өткен алдынғы мәжилисте кадрлар таярлаўдың әҳмийетли бағдарлары бойынша келисимге ерисилгенин еске алды. Оның сөзлерине бола, тәреплер биргеликтеги басламаларды әмелге асырыўда және де тығыз шерикликтиң жаңа басқышына өтпекте.

    Татьяна Терентьева бир майданда еки ири ҳәм еки киши энергия блогын қурыўды нәзерде тутатуғын "2+2" жойбары бирге ислесиўдиң өзине тән үлгиси болатуғынын атап өтти. Оның пикиринше, келешекте Өзбекстан ҳәр қыйлы мәмлекетлердиң қәнигелери ушын оқыў ҳәм технологиялық майданға айланыўы мүмкин.

    Май айындағы ушырасыў жуўмақлары бойынша ислеп шығылған "жол картасы"ның орынланыўы да көрип шығылды. Еслетип өтемиз, сол ўақытта "Росатом" мәмлекетлик компаниясы, "Өзатом" агентлиги ҳәм "МИФИ" НМИУ арасында үш тәреплеме келисимге қол қойылған болып, бул келисим университеттиң Ташкент қаласындағы филиалы тийкарында "Алдынғы инженерлик мектеби"н шөлкемлестириўди нәзерде тутады.

    Филиалдың атқарыўшы директоры Шавкат Абдукамиловтың мәлим етиўинше, мектептиң ашылыўы 2025-жылдың октябрь айына режелестирилген. Ҳәзирги ўақытта энергоаудит, энергосервис, фотоэнергетика ҳәм нанотехнологиялар бойынша лабораториялар шөлкемлестирилген. Жылдың ақырына шекем "Росатом"ның жәрдеминде радиациялық мониторинг ҳәм дозиметрия лабораториясы жумыс баслайды. Оқыў ушын 20 ең жақсы студент таңлап алынған.

    Келеси оқыў жылынан баслап МИФИ Ташкент филиалында ядро қәнигеликлери бойынша магистратура бағдарламалары басланады.

    Тараўға қәнигелескен жоқары оқыў орынлары питкериўшилериниң "Росатом" кәрханаларында әмелият өтеўине айрықша итибар қаратылды. Квоталарды көбейтиў, бағдарламаны 2026-жылдың биринши шерегинде иске қосыў режелестирилген.

    Қатнасыўшылар жоқары билимлендириўден тысқары орта буўын техник қәнигелерин таярлаў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Соның ишинде, Жиззақ ўәлаяты Фориш районындағы политехникум негизинде тийисли бағдарламалар ислеп шығылмақта.

    Мәжилис жуўмағында тәреплер интеграцияласқан атом электр станциясын қурыў жойбары шеңберинде Өзбекстан атом тараўын маман кадрлар менен тәмийинлеў бойынша биргеликтеги жумысларды даўам еттириў нийетин тастыйықлады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates