Өзбекстан менен Грузия арасындағы қатнасықлар көп әсирлик тарийхый
тамырларға ийе болып, бүгинги күнде сиясий, экономикалық, мәдений-гуманитарлық
тараўларда избе-из раўажланбақта.
Еки мәмлекетти тек ғана әййемги саўда жоллары емес, ал өз-ара ҳүрмет,
исеним ҳәм мәплердиң бирдейлигине тийкарланған бирге ислесиў байланыстырып
турады. Кейинги жылларда жоқары дәрежедеги сапар етиўлер, саўда-экономикалық
байланыслардың кеңейиўи ҳәм мәдений алмасыўдың жеделлесиўи еки тәреплеме
қатнасықларды сапа жағынан жаңа басқышқа алып шықты.
Өзбекстан менен Грузия арасында дипломатиялық қатнасықлар 1994-жыл
19-августта орнатылған. Соннан берли еки мәмлекет арасында сиясий сөйлесиў
избе-из раўажланып бармақта.
1995-жылы сентябрьде еки тәреплеме қатнасықлардың тийкарғы ҳуқықый ҳүжжети
болған Дослық ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылды.
Кейинги жылларда
мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшыларының турақлы ушырасыўлары сиясий исенимди және де
беккемлеўге хызмет етти. Атап айтқанда, 2022-2025-жылларда еки мәмлекет
Президентлери, Бас министрлери дәрежесиндеги өз-ара рәсмий сапарлар ҳәм
сөйлесиўлер, Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилислери, сыртқы ислер министрликлери
арасындағы турақлы сиясий мәсләҳәтлесиўлер бирге ислесиўдиң раўажланыўына жаңа
пәт бағышлады.
Өзбекстан
Президенти мәмлекетимизге рәсмий сапар менен келген Грузия Бас министри Ираклий
Кобахидзе басшылығындағы делегацияны қабыллады. Ушырасыўда саўда-экономикалық,
инвестициялық, транспорт-логистика, туризм ҳәм мәденият тараўларындағы өз-ара
пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды. Еки мәмлекет
парламентлери ҳәм ҳүкиметлери дәрежесиндеги байланыслар жеделлескени
қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Парламентлераралық
бирге ислесиў де избе-из раўажланбақта. Олий Мажлис Нызамшылық палатасында
Грузия парламенти менен бирге ислесиў бойынша парламентлераралық топар жумыс
алып бармақта. Грузия ўәкиллери Өзбекстанда өткерилетуғын Президентлик ҳәм
парламентлик сайлаўларда халықаралық бақлаўшы сыпатында турақлы қатнасып
келмекте.
Еки мәмлекет
арасында өз-ара товар алмасыў көлеминиң турақлы артып барыўына хызмет етип
атырған еркин саўда режими енгизилген. Кейинги бес жылда өз-ара саўда көлеми
еки ярым есеге артты, қоспа кәрханалар саны көбейди, жүк тасыў көлеми сезилерли
дәрежеде көбейди.
Өзбекстанда
грузин инвесторларының қатнасыўында шөлкемлестирилген санлы банк табыслы жумыс
алып бармақта.
Буннан тысқары,
2025-жыл июнь айында Тбилиси қаласында “Made in Uzbekistan” миллий көргизбеси
шөлкемлестирилип, онда тоқымашылық, электротехника, фармацевтика, азық-аўқат,
машина қурылысы ҳәм басқа да санаат тармақларының 100 ден аслам жетекши
кәрханалары қатнасты.
Еки тәреплеме
бирге ислесиўде транзит ҳәм транспорт-логистика мәселелери айрықша орын ийелейди.
Усы жылдың июнь айында Ахалкалаки қаласында Баку - Тбилиси - Карс
модернизацияланған темир жолының рәсмий ашылыў мәресими болып өтти. Келешекте
бул транспорт коридорының қурылып атырған Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан темир
жолы менен интеграцияласыўы мәмлекетлеримиздиң транзит потенциалын сезилерли
дәрежеде беккемлеў имканиятын береди.
Өзбекстан ҳәм
Грузия арасындағы мәдений бирге ислесиў бай дәстүрлерге ийе. Кино күнлери,
мәденият фестивальлары, илим ҳәм билимлендириў тараўындағы илажлар турақлы
өткерилмекте.
Өткен жылы
Тбилиси қаласында Өзбекстан мәденияты ҳәм кино күнлери, быйыл Ташкент қаласында
Грузия мәденияты күнлери табыслы өткерилди.
Еки мәмлекет
арасындағы беккем дослық байланысларының тымсалларынан бири - Өзбекстан
пайтахтының орайлық көшелеринен бири, уллы грузин шайыры Шота Руставелидиң аты
менен аталатуғын көшеде орнатылған естелик болып есапланады.
2025-жылы Тбилиси
қалалық кеңесиниң қарары менен пайтахтымыздың орайлық бағларынан бирине уллы
өзбек шайыры ҳәм ойшылы Әлийшер Наўайы аты берилди. Бул еки халықтың
бир-бириниң тарийхы ҳәм мәдений мийрасына болған терең ҳүрметиниң айқын
көриниси болды.
Бүгинги күнде
Ташкент - Тбилиси ҳәм Ташкент - Батуми жөнелислери бойынша тиккелей
авиақатнаўлар еки мәмлекет арасындағы туризм ҳәм исбилерменлик байланысларын
және де раўажландырыўға хызмет етпекте.
Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда
төрт мыңға шамалас грузин миллетиниң ўәкиллери жасамақта. 1994-жылдан берли
Ташкентте "Мегоброба" ("Дослық") грузин мәденият орайы
табыслы жумыс алып бармақта.
Өзбекстан ҳәм
Грузия халықлары арасындағы қатнасықлар узақ әййемги заманларға барып тақалатуғынын
атап өтиў керек. Антик авторлар Хорезм ҳәм Колхида ортасында Әмиўдәрья ҳәм
Каспий теңизи арқалы саўда байланыслары бар екенлигин айтып өткен.
"Уллы жипек
жолы" қәлиплескеннен кейин, әсиресе, VI әсирден баслап Кавказ ҳәм
Византияны байланыстырыўшы ең әҳмийетли саўда жолларынан бири Самарқанд, Бухара
ҳәм Хорезм арқалы өткен. Шота Руставелиниң XII әсирде дөретилген белгили
"Жолбарыс терисиндеги батыр" дәстанында да Хорезм тилге алынған. Бул
орта әсирлерде-ақ Грузия ҳәм Орайлық Азия арасында терең тарийхый, мәдений ҳәм
саўда байланыслары болғанынан дәрек береди.
Кейинги
дәўирлерде грузин халқының ўәкиллери де Өзбекстанның жәмийетлик турмысында
белсене қатнасты. Олардың арасында исбилерменлер, архитекторлар, илимпазлар,
көркем өнер ғайраткерлери, шыпакерлер бар еди. Ташкенттеги белгили
"Колизей" театрының қурылысының басламасы менен исбилермен Георгий
Цинцадзе, сондай-ақ, Өзбекстан археология илиминиң раўажланыўына үлкен үлес
қосқан академик Эдуард Ртвеладзе халықларымыз дослығының айқын тымсаллары болып
есапланады.
Академик Эдуард
Ртвеладзениң илимий мийрасы айрықша итибарға ылайық. Оның Өзбекстан тарийхы ҳәм
Уллы жипек жолын үйрениўге бағышланған жүзлеген илимий жумыслары, Сурхандәрья
ўәлаятындағы әййемги қалашаның орнын анықлаўға имканият берген изертлеўлери
халықаралық көлемде кеңнен тән алынып, дүнья тарийх илимине салмақлы үлес болып
қосылды.
Жуўмақлап
айтқанда, бүгинги қыйын халықаралық жағдайда Өзбекстан ҳәм Грузия арасындағы
қатнасықлар өз-ара исеним, ашық сөйлесиў ҳәм әмелий бирге ислесиў тийкарында
избе-из раўажланып бармақта. Еки мәмлекет басшыларының сиясий ерк-ықрары,
экономикалық ҳәм гуманитарлық байланыслардың жедел раўажланып атырғаны, бай
тарийхый мийрасы еллеримиз арасындағы өз-ара пайдалы шерикликти буннан былай да
беккемлеў ушын беккем тийкар болып хызмет етпекте.
Бундай кең
көлемли бирге ислесиў, турақлы ушырасыўлар ҳәм конструктивлик сөйлесиўлер
келешекте де саўда, транспорт, инвестиция, туризм, мәденият ҳәм басқа да
бағдарлардағы бирге ислесиўди кеңейтиўге хызмет ететуғынына гүман жоқ,
Өзбекстан - Грузия қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ушын исенимли
тийкар жаратады.
Бундай кең
көлемли бирге ислесиў, турақлы ушырасыўлар ҳәм конструктивлик сөйлесиў саўда,
транспорт, инвестиция, туризм, мәденият ҳәм басқа да тараўлардағы бирге
ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге хызмет ететуғыны, Өзбекстан-Грузия
қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ушын беккем тийкар жарататуғыны
сөзсиз.
«Дунё» МА