Онда сенаторлар, министрликлер ҳәм уйымлар, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, пуқаралық жәмиети институтларының экспертлери, жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Шығып сөйлегенлер Сыртқы сиясий жумыс концепциясы шеңберинде Өзбекстанның дүнья мәмлекетлери ҳәм халықаралық шөлкемлер менен еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўи жаңа басқышқа көтерилгенин атап өтти.
Атап айтқанда, Орайлық Азияның қоңсылас мәмлекетлери менен ашық, конструктивлик ҳәм өз-ара исенимге тийкарланған қатнасықлар арқалы регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў бағдарында әҳмийетли қәдемлер тасланбақта.
Илаж қатнасыўшылары Өзбекстан халықаралық көлемдеги басламаларды жедел алға қойып атырғаны, регионаллық ҳәм глобаллық мәселелерди шешиўде мәмлекетимиздиң абырайы артып атырғанын айрықша атап өтти.
Сондай-ақ, мәмлекетимиздиң БМШ шеңбериндеги басламалары Орайлық Азияда тынышлық ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў, климат өзгериўине қарсы гүресиў ҳәм Аралбойы регионын раўажландырыўға хызмет ететуғын резолюциялар сыпатында қабыл етилип атырғаны атап өтилди.
Дөгерек сәўбети жуўмағында Өзбекстанның БМШ ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиўин және де тереңлестириў, парламент дипломатиясы имканиятларынан пайдаланыў бойынша усыныслар ислеп шығылды.