Ушырасыўда KDI менен биргеликте Knowledge Sharing Program (KSP) бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылып атырған "Өзбекстанда стартап экосистемасын раўажландырыў ҳәм венчур қаржыландырыўды қоллап-қуўатлаў" грант басламасы додаланды.
Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер Өзбекстанда стартап орталығын буннан былай да раўажландырыў, инновациялық исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, венчур қаржыландырыў механизмлерин жетилистириў, сондай-ақ, миллий шараятларды есапқа алған ҳалда Кореяның алдынғы тәжирийбесин енгизиў мәселелери бойынша пикир алысты.
Буннан тысқары, жойбар шеңберинде режелестирилген аналитикалық изертлеўлер бағдарлары, нормативлик-ҳуқықый усыныслар ҳәм институционаллық раўажланыў мәселелери көрип шығылды.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер бул грант жойбары Өзбекстанның инновациялық экосистемасын раўажландырыў ҳәм халықаралық тәжирийбени енгизиўде үлкен әҳмийетке ийе болатуғынына исеним билдирди. Буннан кейин жойбар бойынша келешектеги биргеликтеги ҳәрекетлер ҳаққында келисимге қол қойылды.
Сондай-ақ, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың қәнигелери ушын Өзбекстанда стартап экосистемасын раўажландырыў, инновациялық исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм венчур қаржыландырыў механизмлерин Корея тәжирийбеси тийкарында жетилистириўге бағышланған кореялы экспертлер семинары өткерилди.











