Өзбекстан ҳәм Әзербайжан 2027-жылы FIFA U-20 жәҳән чемпионатын биргеликте өткереди

    Спорт 3 қазан 2025 1687

    2-октябрь күни ФИФA Кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти ҳәм онда 2027-жылғы U-20 футбол бойынша жәҳән чемпионатының басқарыўшысы тастыйықланды.

    Өзбекстан футбол ассоциациясының мағлыўматына бола, жарысты Өзбекстан ҳәм Әзербайжан биргеликте өткериў бойынша қарар қабыл етилди.

    U-20 жәҳән чемпионаты миллий сайланды командалар арасындағы жәҳән чемпионатынан кейинги ең әҳмийетли ФИФА жарысы болып есапланады.

    Кейинги жыллары Өзбекстан ири халықаралық турнирлерди шөлкемлестириў бойынша үлкен тәжирийбе топлады. Атап айтқанда, футзал бойынша 2024-жылғы жәҳән чемпионаты жоқары дәрежеде өткерилип, халықаралық футбол жәмийетшилигиниң жоқары баҳасына ийе болды. Бул жарыслар өзбекстанлы қәнигелердиң билим ҳәм потенциалын арттырыўда әҳмийетли басқыш болды.

    2027-жылы дүньяның ең жақсы жас футболшылары Өзбекстан ҳәм Әзербайжанда жыйналып, FIFA U-20 жәҳән чемпионы атағы ушын гүреседи. Мәмлекетимиз дәстүрий түрде өзбекстанлы жанкүйерлердиң миймандослығы, жоқары дәрежедеги шөлкемлестириўшилик, профессионаллық ҳәм футболға болған меҳир-муҳаббатын көрсетеди.

    No date selected
    November 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates