Бағдарламаның тийкарғы мақсети аўыллық жерлерде экономикалық өсиўди қоллап-қуўатлаў, азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеў ҳәм экологиялық турақлылықты күшейтиўден ибарат.
Жойбарлар БМШтың Турақлы раўажланыў тараўындағы бирге ислесиў бағдарламасына, сондай-ақ, Өзбекстанның миллий стратегиялық тийкарғы бағдарларына муўапық әмелге асырылады.
Бағдарламада үш тийкарғы бағдар бойынша бирге ислесиў нәзерде тутылған. Атап айтқанда, аўыллық жерлерде жаслар ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратқан ҳалда бәнтлик имканиятларын кеңейтиў ҳәм дәраматларды арттырыў, азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм сапалы аўқатланыў системасын беккемлеў, сондай-ақ, климат өзгериўине бейимлесиў ҳәм тәбийғый ресурсларды ақылға уғрас басқарыў илажлары ҳаққында сөз бармақта.
Бағдарламаның әмелге асырылыўы мәмлекетлик ҳәм жергиликли басқарыў уйымларының потенциалын арттырыў, аўыл халқы ушын жаңа экономикалық имканиятлар жаратыў, сондай-ақ, мәмлекеттиң экологиялық қәўипсизлигин ҳәм турақлы раўажланыўын тәмийинлеў ушын қосымша түртки болыўы күтилмекте.