Дүньяда глобал азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм аграр секторды турақлы раўажландырыў мәселелери барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болып атырған бир ўақытта Римде болып өткен сөйлесиўлер Өзбекстан ҳәм ФАО арасындағы шерикликти беккемлеўде әҳмийетли қәдем болды.
Ушырасыўда төмендеги бағдарларда бирге ислесиў перспективалары додаланды: аграр тараўда инновациялық технологияларды енгизиў; аўыл хожалығын климат өзгерислерине бейимлестириў; азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў; аграр секторды санлы трансформациялаў.
Келешекте Өзбекстанда LLDC (Landlocked Developing Countries - Теңизге шығыў имканияты жоқ раўажланып атырған мәмлекетлер) халықаралық конференциясын өткериў мәселесине айрықша итибар қаратылды.
Сөйлесиўлер конструктивлик ҳәм исшеңлик руўхында өтти. Тәреплер бирге ислесиўди және де тереңлестириў, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ҳәм жаңа басламаларды ислеп шығыўға таяр екенин тастыйықлады.








