Сөйлесиўлер даўамында билимлендириў системасында француз тилин оқытыўды раўажландырыў, заманагөй оқыў-методикалық материалларды енгизиў ҳәм мектепке шекемги билимлендириў тараўында алдынғы халықаралық тәжирийбени қолланыў мәселелери додаланды, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

Атап айтқанда, «Groupe Hachette Livre» шөлкеми басшылары менен ушырасыўда француз тили бойынша арнаўлы сабақлықлардың мазмунын Өзбекстанның миллий билимлендириў стандартлары ҳәм оқыў бағдарламаларына бейимлестириў перспективалары көрип шығылды.

Сондай-ақ, тәреплер мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине заманагөй оқыў қолланбаларын басқышпа-басқыш енгизиў, педагоглардың қәнигелигин арттырыў бойынша қоспа бағдарламаларды әмелге асырыў мәселелерин додалады.

Буннан тысқары, министр Эъзозхан Каримова билимлендириў технологияларына қәнигелескен «Kokoro Lingua» компаниясының тийкарын салыўшысы Натали Ласселин менен сөйлесиў өткерди.

Қоспа билимлендириў бағдарламаларын мониторинг етиў, мектепке таярлаў топарлары ушын жаңа оқыў режелерин ислеп шығыў ҳәм тәрбияшыларды халықаралық стандартлар тийкарында сертификатлаў мәселелери тәреплердиң дыққат орайында болды. Сондай-ақ, "Келажак" орайларында тәжирийбе тийкарында француз тили дөгереклерин жолға қойыў мәселеси де додаланды.

Ушырасыўлардың жуўмақлары бойынша тәреплер мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи тараўларында әмелий бирге ислесиўди және де тереңлестириў, анық қоспа жойбарларды басқышпа-басқыш әмелге асырыў ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиўдиң шәртнамалық-ҳуқықый базасын беккемлеў бойынша келисимге еристи.