Сөйлесиўлер ўақтында UBAFтың раўажланыў стратегиясы, компанияның халықаралық жетискенликлери, сондай-ақ, Өзбекстандағы жумысын кеңейтиў перспективалары додаланды.
Тәреплер Өзбекстанның сыртқы саўда байланысларын жеделлестириў, экспорт-импорт бағдарларын кеңейтиў, Европа, Шығыс ҳәм Қубла Азия, Жақын Шығыс ҳәм Африка мәмлекетлери менен бирге ислесиўди беккемлеў мәселелерине айрықша итибар қаратты.
Ушырасыў қатнасыўшылары халықаралық саўданы қоллап-қуўатлаўда қолланылып атырған заманагөй финанслық қураллар: ҳүжжетли аккредитивлер, халықаралық кепилликлер, саўда ҳәм экспорт кредитлери, экспорт-кредит агентликлери ҳәм көп тәреплеме қаржы институтлары менен бирге ислесиў имканиятлары бойынша да пикир алысты.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер банклераралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, экспортты қаржыландырыўдың инновациялық механизмлерин енгизиў ҳәм қаржы тараўы қәнигелериниң маманлығын арттырыўдан өз-ара мәпдар екенин билдирди.








