Ҳәзирги ўақытта Ташкент мәмлекетлик техника университети менен Афина технология институты, Әндижан машина қурылысы институты менен Батыс Аттика университети арасында бирге ислесиў ҳаққындағы келисимлерге қол қойылды.
Греция профессорларының Өзбекстан университетлериндеги билимлендириў процесинде қатнасып атырғаны, сондай-ақ, ЕАның Erasmus+ бағдарламасы шеңберинде биргеликтеги жумыслар атап өтилди.
Сөйлесиўлерде жаңа меморандум ҳәм шәртнамалар дүзиў, студент ҳәм оқытыўшылар алмасыўын раўажландырыў, қоспа лабораториялар ҳәм илимий-изертлеў орайларын шөлкемлестириў зәрүр екенлигине итибар қаратылды.
Тәреплер бул басламалар Өзбекстан ҳәм Грецияның академиялық ҳәм илимий бирге ислесиўине жаңа пәт бағышлайтуғынына исеним билдирди.









