Өзбекстан ҳәм Гвинея билимлендириў ҳәм илим тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерин додалады

    Билимлендириў 6 қараша 2025 675

    Самарқандта ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң биринши орынбасары Сардор Ражабов Гвинея Республикасының ЮНЕСКО жанындағы турақлы ўәкили Сенкун Силла менен ушырасты.

    Сөйлесиў ўақтында тәреплер билимлендириў, илим ҳәм инновациялар тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, сондай-ақ, еки мәмлекет жоқары оқыў орынлары арасында тиккелей байланысларды орнатыў мәселелерин додалады. Студентлер ҳәм илимий хызметкерлер алмасыўын шөлкемлестириў, биргеликтеги изертлеў жойбарларын раўажландырыў ҳәм Гвинея жасларының Өзбекстандағы жоқары оқыў орынларында билим алыўы ушын шараятлар жаратыўға айрықша итибар қаратылды.

    Сырт елли студентлерди тартыўда әҳмийетли орын ийелейтуғын «Study in Uzbekistan» миллий платформасының жумысына айрықша тоқтап өтилди. Тәреплер билимлендириў тараўында мәлимлеме алмасыў ҳәм аналитикалық бирге ислесиўди раўажландырыў имканиятларын додалады.

    Сардор Ражабов Өзбекстанда жоқары билимлендириў системасын модернизациялаў, инновацияларды енгизиў, жаслардың илимий потенциалын арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында мағлыўмат берди. Сондай-ақ, Гвинеяның жетекши жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий мәкемелери менен шериклик байланысларын жолға қойыўды усыныс етти.

    Өз гезегинде, Сенкун Силла Өзбекстанда билимлендириў ҳәм илим тараўындағы унамлы өзгерислерди жоқары баҳалап, Гвинея бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге таяр екенин билдирди.

    Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара пайдалы шерикликти раўажландырыў, соның ишинде, сырт елли студентлерди тартыў, қоспа билимлендириў ҳәм илимий жойбарларды әмелге асырыў бойынша әмелий қәдемлерди әмелге асырыўға келисип алды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates