Өзбекстан ҳәм ICBA аграр-илимий бирге ислесиўди кеңейтпекте

    17 желтоқсан 2025 134

    Күни кеше Өзбекстан Аўыл хожалығы министрлиги басшылығындағы делегация Дубай қаласында (БАӘ) жайласқан Халықаралық дузланған аўыл хожалығы орайының (ICBA) бас резиденциясында болды.

    Сапар шеңберинде ICBA бас директоры доктор Тариф Альзааби ҳәм орайдың жетекши илимий хызметкерлери менен рәсмий ушырасыў өткерилди.

    Сөйлесиўлер конструктивлик ҳәм исшеңлик руўхында өтти. Тәреплер биргеликтеги жойбарлардың ҳәзирги жағдайы, илимий-әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери, сондай-ақ, келешектеги бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларын додалады.

    Ушырасыў даўамында топырақтың шорланыўы ҳәм деградациясына қарсы гүресиўге қаратылған жаңа әўлад биотехнологиялық өнимлери таныстырылды. Бул қолланба ICBA қәнигелери тәрепинен жоқары баҳаланды. Додалаўлар жуўмағында Аралбойы аймақларында топырақ анализин өткериў, жергиликли шараятқа бейимлескен биологиялық өнимлер ислеп шығыў бойынша келисимге ерисилди.

    Буннан тысқары, жергиликли ҳәм халықаралық қорлар, донор шөлкемлердиң қаржыларын тартқан ҳалда Хорезм ўәлаяты ҳәм Ферғана ойпатлығында 2 жаңа жойбарды әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды. Өзбекстан шараятында креветка ҳәм басқа да теңиз өнимлерин жетистириў имканиятларына айрықша итибар қаратылды.

    Ушырасыў жуўмағында тәреплер Integrated Agri-Aquaculture System (IAAS) ҳәм спирулина жетистириў бағдарлары бойынша оқыў бағдарламаларын шөлкемлестириўге келисип алды. Бул бағдарламалар шеңберинде Өзбекстаннан 10 қәниге Дубайдағы ICBA бас резиденциясында қәнигелигин арттырады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates