Илажда 35 мәмлекет - басламаның қатнасыўшылары ҳәм бирге ислесиўшилери, сондай-ақ, 10 нан аслам халықаралық шөлкемлердиң қәнигелери қатнасты.
Қатнасыўшылар айрықша жағдайларда биргеликте ҳәрекет етиў механизмин ислеп шығыў, тәбийғый апатшылықлардың ақыбетлерин сапластырыўда тәжирийбе алмасыў, қутқарыў жумысларына инновациялық технологияларды енгизиў мәселелерин додалады.
Форум шеңберинде Өзбекстан ҳәм Қытай айрықша жағдайлар министрлериниң еки тәреплеме ушырасыўы болып өтти, оның жуўмағында бирге ислесиў ҳаққындағы протоколға қол қойылды.
Ҳүжжет тәреплердиң айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў, тәжирийбе алмасыў, кадрлар таярлаў ҳәм биргеликтеги шынығыўларды өткериў тараўындағы бирге ислесиўин беккемлеўге қаратылған. Сондай-ақ, тәреплер министрликлердиң билимлендириў мәкемелери арасында байланыслар орнатыў, сондай-ақ, сырт ел тәжирийбеси тийкарында оқытыўшылардың маманлығын арттырыўға жәрдемлесиўге келисип алды.



