Реже Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң статусы, тийкарғы ўазыйпалары, функциялары, ҳуқықлары, жуўапкершилиги ҳәм жумысын шөлкемлестириў тәртибин белгилейди.
Министрликтиң тийкарғы ўазыйпалары:
- айрықша жағдайлардың ерте алдын алыў ҳәм сапластырыў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў, сондай-ақ, бар күш ҳәм қураллардың турақлы таяр турыўын тәмийинлеў;
- республикада пуқаралық қорғаўдың шөлкемлестирилиўин ҳәм әмелге асырылыўын тәмийинлеў, айрықша жағдайлардың жүзеге келиў қәўпи ямаса олардың жүзеге келиў факти ҳаққында халықты өз ўақтында хабарландырыўды ҳәм хабардар етиўди шөлкемлестириў;
- өрт ҳәм жарылыў қәўпи жоқары болған химиялық затларды (өнимлерди) сақлаў, тасыў, олардан пайдаланыў ҳәм оларды жоқ етиў бойынша жумысларды муўапықластырыў, сондай-ақ, бул тараўда белгиленген талапларға әмел етилиўи үстинен қадағалаўды әмелге асырыў.
Министрликтиң жеке қурамы Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен үлги-эталонлары тастыйықланатуғын әскерий ҳәм арнаўлы кийим-кеншек, эмблема ҳәм белгилерге ийе болады.
Министрликтиң әскерий хызметкерлери ҳәм қутқарыўшылары бийпул әскерий ҳәм арнаўлы кийим-кеншек пенен тәмийинленеди.









