Өзбекстан ҳәм БМШ кең көлемли шерикликти кеңейтеди

    Сиясат 24 қыркүйек 2025 2412

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 23-сентябрь күни Нью-Йорк қаласында БМШ Бас Ассамблеясының 80-сессиясы шеңберинде шөлкемниң Бас хаткери Антониу Гутерриш пенен ушырасыў өткерди.

    Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў бойынша миллий ўазыйпаларды әмелге асырыў шеңберинде БМШ пенен бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

    Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы Антониу Гутерришти БМШтың юбилей сессиясы менен қызғын қутлықлап, оның шөлкем системасын заманагөй реаллыққа сәйкес түрде реформалаў бағдарындағы басламаларын қатаң қоллап-қуўатлады.

    Өзбекстан ҳәм БМШ шериклигинде мисли көрилмеген жоқары дәрежеге ерисилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. 160 тан аслам бағдарлама ҳәм жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта. Октябрь айында бес жылға мөлшерленген жаңа Бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылыўы күтилмекте.

    Кейинги жыллары Өзбекстанның басламасы менен БМШ Бас Ассамблеясының 13 резолюциясы қабыл етилди. Өзбекстан ЭКОСОС, Инсан ҳуқықлары бойынша комитет, Статистика комиссиясы сыяқлы абырайлы структураларға ағза етип сайланды.

    Өзбекстанның басламасы менен ертең БМШ бас резиденциясында балалар ракы ҳәм басқа да аўыр кеселликлерге қарсы гүресиў бойынша жоқары дәрежедеги форум болып өтеди. Самарқанд қаласында ЮНЕСКОның 43-Бас конференциясына қызғын таярлық көрилмекте.

    Антониу Гутерриш Өзбекстан Президентиниң Бас Ассамблеяның юбилей сессиясындағы шығып сөйлеген сөзине жоқары баҳа берип, оның Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў, Жаңа Орайлық Азияны қәлиплестириў, санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект, жаслар, ағартыўшы ислам дини ҳәм басқа да тараўларда глобал бирге ислесиўди алға қойыў бағдарындағы басламаларының әҳмийетин айрықша атап өтти.

    Сөйлесиў ўақтында әҳмийетли халықаралық ҳәм регионаллық машқалалар бойынша да пикир алысылды.

    Ушырасыў жуўмағында тийкарғы бағдарларда кең көлемли шерикликти раўажландырыў, бирге ислесиўдиң жаңа бағдарлама ҳәм жойбарларын ислеп шығыўға келисип алынды.


    No date selected
    November 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates