Еслетип өтемиз, 2025-жыл сентябрь айында Өзбекстан Республикасының Корея Республикасындағы елшиханасының жәрдеминде Өзбекстан Саўда-санаат палатасы ҳәм MEDIWIX арасында онлайн саўда платформасын жаратыў бойынша бирге ислесиў меморандумына қол қойылған еди.

Сөйлесиўлер ўақтында жойбарды ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиўде жүзеге келиўи мүмкин болған шөлкемлестириўшилик ҳәм техникалық мәселелер ҳәр тәреплеме додаланды.

Системаларды интеграциялаўға айрықша итибар қаратылды: MES системасы енгизилген Өзбекстан кәрханалары ушын SAP системасын интеграциялаў ҳәм бейимлестириў жумыслары грант тийкарында әмелге асырылады. Жойбар бойынша барлық қәрежетлерди Корея тәрепи өз мойнына алады.

Ушырасыў жуўмағында бирге ислесиўди әмелий жүзеге шығарыўға өтиў ушын Өзбекстанның бир неше ислеп шығарыўшы компаниялары жойбарда қатнасыўға мирәт етилди.