Тәреплер еки мәмлекет арасында телекоммуникация тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, шегара алды аймақларда байланыс тармақларының турақлы ислеўин тәмийинлеў, санлы инфраструктураны раўажландырыў мәселелерин додалады.
Телекоммуникация тармақларын буннан былай да раўажландырыў, қосымша жалғаныў орынларын жаратыў ҳәм мағлыўматларды жеткерип бериўдиң сапасын арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Буннан тысқары, ушырасыўда санлы байланысты жетилистириў, еки мәмлекет қәнигелери арасында техникалық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм тәжирийбе алмасыў мәселелери көрип шығылды.








