Ушырасыў шеңберинде делегациялар тәрепинен IT-Parkтиң жаратылыў тарийхы, оның тийкарғы бағдарлары, резидент компаниялар ушын жаратылған шараятлар, сондай-ақ, Тәжикстанда мәлимлеме технологиялары тараўында әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында айтып берилди.
Жаслар ҳәм стартап жойбарларды қоллап-қуўатлаў, IТ тараўында маман қәнигелер таярлаў, инновациялық шешимлерди енгизиў, жеке меншик сектор менен бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Сапар даўамында Өзбекстан ҳәм Тәжикстан IТ Парклери арасындағы бирге ислесиўди жеделлестириў, биргеликте стартап ҳәм инкубация бағдарламаларын шөлкемлестириў, IТ-компаниялардың жумысы ушын қолайлы орталық жаратыў мәселелери додаланды.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер мәлимлеме технологиялары тараўында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, тәжирийбе алмасыў ҳәм еки мәмлекет IТ Парклери арасында турақлы бирге ислесиў платформасын жаратыўға келисип алды.








