Ушырасыўда соңғы жыллары еки мәмлекет арасындағы қатнасықлар пүткиллей жаңа басқышқа көтерилгени, сиясий сөйлесиў жеделлескени, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланыслар избе-из кеңейип атырғаны атап өтилди.

Сөйлесиў ўақтында парламентлераралық қатнасықларды раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Нызам дөретиўшилиги тараўында тәжирийбе алмасыў, биргеликтеги басламаларды алға қойыў ҳәм халықаралық парламент майданында сөйлесиўди даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.

Соның менен бирге, аймақлараралық байланысларды және де жеделлестириў, сондай-ақ, парламентлер жоқары палаталарының бирге ислесиў комиссияларының әмелий бағдарламаларында жергиликли Кеңеслер менен байланысларды беккемлеў зәрүрлиги атап өтилди.