Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер кадрлар таярлаў, тәжирийбе алмасыў, қоспа билимлендириў бағдарламаларын жолға қойыў ҳәм өз-ара пайдалы тараўларда илимий-изертлеў жойбарларын раўажландырыў мәселелерин додалады.
Атап айтқанда, бирге ислесиўдиң төмендеги бағдарлары көрип шығылды:
профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер алмасыўы, қысқа мүддетли стажировкаларды шөлкемлестириў, Erasmus+ бағдарламасы шеңбериндеги биргеликтеги жойбарлар санын кеңейтиў;
аўыл хожалығы бағдары бойынша еки дипломлы билимлендириў бағдарламаларын иске қосыў;
"WorldSkillsс - 2026" илажын Өзбекстанда биргеликте өткериў;
аўыл хожалығы, ирригация технологиялары, шөл аймақларын мелиорациялаў, жасыл энергетика, суў ресурсларын басқарыў, мәлимлеме технологиялары ҳәм жасалма интеллект тараўларында биргеликтеги илимий жойбарларды әмелге асырыў;
қоспа билимлендириў бағдарламаларын енгизиў, академиялық мобилликти кеңейтиў ҳәм технопарклердиң бирге ислесиўин беккемлеў.
Байрамгул Ораздурдыева мәмлекетлеримиз арасындағы өз-ара исенимге тийкарланған дослық қатнасықлары избе-из раўажланып атырғанын атап өтип, бул бағдардағы биргеликтеги басламаларды қоллап-қуўатлаўға таяр екенин билдирди.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер қоспа жумысшы топар дүзиў ҳәм еки тәреплеме байланысларды және де беккемлеўге қаратылған 2025-2026-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бойынша "жол картасы"н ислеп шығыўға келисип алды.








