Өзбекстан ҳәм Түркменстан жанылғы-энергетика тараўындағы бирге ислесиўди күшейтпекте

    19 қараша 2025 689

    Ташкентте Өзбекстан Республикасы энергетика министри Жўрабек Мирзамаҳмудовтың Түркменстан энергетика министри Аннагелди Сапаров ҳәм "Туркменгаз" мәмлекетлик нефть-газ компаниясының баслығы Мақсад Бабаев пенен ушырасыўы болып өтти.

    Онда еки мәмлекеттиң жанылғы-энергетика компанияларының басшылары ҳәм жуўапкер ўәкиллери де қатнасты.

    Сөйлесиўде еки дос ҳәм туўысқан мәмлекет басшылары - Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың басламалары менен еки тәреплеме қатнасықлар, соның ишинде, жанылғы-энергетика тараўындағы бирге ислесиў избе-из ҳәм нәтийжели раўажланып атырғаны атап өтилди.

    Ташкентте болып өткен Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўы шеңберинде Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы стратегиялық шерикликти беккемлеў ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди және де кеңейтиўге қаратылған еки тәреплеме келисимлердиң салмақлы топламы тастыйықланғаны атап өтилди.

    Тәреплер жанылғы-энергетика тараўында өз-ара пайдалы ҳәм конструктивлик бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бойынша еки мәмлекет басшылары тәрепинен белгиленген ўазыйпаларды биргеликте нәтийжели әмелге асырыўға келисип алды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates