Бул шегара өткели Түркия ҳәм Грузия арасындағы ең жедел транзит ноқатларынан бири болып, Орайлық Азиядан Европа ҳәм Қара теңиз портларына жүк тасыўда стратегиялық әҳмийетке ийе. Статистикалық мағлыўматларға бола, өткен жылдың жуўмағы бойынша бул пункт арқалы Өзбекстаннан үш мыңға шамалас жүк автомашиналары өткен, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

Сапар даўамында Өзбекстан дипломатлары бажыхана постының басшылары ҳәм Сарп шегара полициясы ўәкиллери менен әмелий ушырасыўлар өткерди.

Тәреплер шегарадан өтиў тәртип-қағыйдаларын жеделлестириў, процесслерди санластырыў дәрежеси, жүк тасыў қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм айдаўшылар ушын жаратылған ҳәзирги шараятларды додалады. Түркия тәрепи бул участкада транспорт ағымын нәтийжели басқарыў бойынша заманагөй көзқараслар енгизилгени ҳаққында мағлыўмат берди.

Сапар шеңберинде шегара аймағындағы өзбекстанлы айдаўшылар менен тиккелей сөйлесиўге айрықша итибар қаратылды. Ушырасыўда ўатанласларымыз инфраструктуралардың сапасы, сервис хызметлери ҳәм рәсмийлестириўлерден өтиўге кететуғын ўақыт ҳаққында пикир билдирди. Ҳәзирги ўақытта жергиликли тасыўшылар тәрепинен айрықша машқалалар бақланбай атырғаны, шегарадан өтиў процесслери турақлы түрде әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Жақын Шығыстағы геосиясий жағдай себепли халықаралық логистика жөнелислериндеги өзгерислерге қарамастан, "Сарп" посты арқалы жүк тасыў көлеми турақлылығын сақлап қалмақта. Бул усы жөнелистиң Өзбекстан экспорты ҳәм импорты ушын исенимли транзит жолы сыпатындағы әҳмийетин тастыйықлайды.

Хызмет сапары жуўмағында тасыў процесслерин әпиўайыластырыў ҳәм Өзбекстан айдаўшылары ушын максимал дәрежеде қолайлы шараятлар жаратыў бойынша бирге ислесиўди және де беккемлеўге келисип алынды.