Сөйлесиўлер ўақтында бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, экология ҳәм климат тараўында алдынғы тәжирийбе алмасыў, Өзбекстанның "жасыл" экономикаға өтиўин қоллап-қуўатлаў мәселелери додаланды. "Өзбекстанда турақлы тоғай ландшафтларын тиклеў" (Resiland) қоспа жойбарын әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.
Жойбардың тийкарғы мақсети - тоғай хожалығы системасын модернизациялаў, шөллениў ҳәм эрозияға қарсы гүресиў, Жиззақ, Наманган, Самарқанд, Қашқадәрья, Сырдәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында тоғай ландшафтларын кеңейтиў, сондай-ақ, Орайлық Азия мәмлекетлериниң ландшафтларды тиклеў тараўындағы трансшегаралық бирге ислесиўин раўажландырыў.
Ушырасыўда ҳаўа патасланыўының халық саламатлығы ҳәм экономикалық раўажланыўға тәсири ҳаққында да сөз болды. Жәҳән банки жәрдеминде Ташкент қаласында ҳаўа сапасы баҳаланып атырғаны, Термиз қаласында мониторинг өткерилип атырғаны, Наманганда бул бағдарда жаңа жойбар басланатуғыны атап өтилди.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында экологиялық қәўипсизлик ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары екени атап өтилди. 2025-жыл елимизде "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы" деп жәрияланды. Сондай-ақ, энергетика тараўында қайта тиклениўши энергия дәреклериниң үлесин 60 процентке жеткериў мақсет етилген.
Өзбекстан регионаллық ҳәм глобал экологиялық басламаларда белсене қатнасып атырғаны атап өтилди. Атап айтқанда, Самарқанд бир қатар халықаралық әнжуманларды өткериў майданына айланды. Жәҳән банки ўәкиллери экологиялық реформалар, климат өзгериўине бейимлесиў сиясаты ҳәм мәмлекеттиң халықаралық майдандағы жедел позициясын жоқары баҳалады.
Жәҳән банки делегацияларына CITES COP20 халықаралық конференциясында (Самарқанд, 2025-жыл 24-ноябрь - 5-декабрь), Глобал экологиялық қорының 8-ассамблеясында (GEF, 2026-жыл 31-май - 5-июнь), сондай-ақ, «Eco Expo Central Asia - 2026» көргизбесинде қатнасыў усыныс етилди.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, экологиялық жойбарлардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм турақлы раўажланыўға үлести кеңейтиўге келисип алды.




