Өзбекстан ҳәм Япония арасында илимий-технологиялық бирге ислесиў ҳаққында меморандумға қол қойылды

    18 желтоқсан 2025 168

    Японияға хызмет сапары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Коңыратбай Шарипов басшылығындағы делегация Япония Илим ҳәм технологиялар агентлиги (Japan Science and Technology Agency - JST) президенти Кадзухито Хасимото менен рәсмий ушырасыў өткерди.

    Сөйлесиўлер даўамында тәреплер илим, инновация ҳәм технологиялар тараўларында еки тәреплеме бирге ислесиўди және де кеңейтиў, қоспа илимий-изертлеў жойбарларын әмелге асырыў, алдыңғы қолланбаларды енгизиў, илимий потенциалды арттырыў, сондай-ақ, еки мәмлекет илимпазлары ҳәм қәнигелери арасында системалы тәжирийбе алмасыўды жолға қойыў мәселелерин додалады.

    Бирге ислесиўди жеделлестириў, инновациялық қолланбаларды қоллап-қуўатлаў, жас илимпаз ҳәм изертлеўшилердиң жумысын хошаметлеў, илим жетискенликлерин экономика тармақларына әмелиятқа енгизиўдиң перспективалы бағдарларына айрықша итибар қаратылды.

    Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ҳәм Япония Илим ҳәм технологиялар агентлиги (JST) арасында илим, инновациялар ҳәм жоқары технологиялар тараўында халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойылды.

    Меморандум шеңберинде төмендеги тийкарғы нәтийжелерге ерисиў нәзерде тутылған:

    Японияның алдынғы технологиялары ҳәм илимий мектеплеринен пайдаланыў имканиятын кеңейтиў;

    JST жәрдеминде Японияның жетекши илимий лабораториялары, университетлери ҳәм илимий-изертлеў (R&D) орайлары менен тиккелей бирге ислесиў жолға қойылады.

    Биргеликтеги илимий изертлеўлер ҳәм технологиялық қолланбаларды раўажландырыў

    Инженерлик, биотехнология, аўыл хожалығы, энергетика, материаллар ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ушын имканиятлар жаратылмақта.

    Жас илимпазлар ҳәм изертлеўшилер ушын алмасыў ҳәм тәжирийбе арттырыў бағдарламалары

    Японияда илимий стажировкалар өткериў, қоспа семинарлар, тренинглер ҳәм академиялық алмасыў бағдарламаларын шөлкемлестириў нәзерде тутылған болып, бул жас кадрлардың илимий ҳәм инновациялық потенциалын сезилерли дәрежеде арттырыў имканиятын береди.

    Илимий басқарыў ҳәм илимий сиясат системасын жетилистириў.

    JSTның инновациялық басқарыў моделлери, грант механизмлери, илимий жойбарларды баҳалаў ҳәм илимий экосистеманы раўажландырыў тараўындағы алдынғы тәжирийбеси Өзбекстан әмелиятына бейимлестириледи ҳәм енгизиледи.

    Халықаралық илимий тармақларға интеграцияласыў

    JST жәрдеминде глобал консорциумларда қатнасыў арқалы Өзбекстан илимпазлары халықаралық илимий тармақлар, биргеликтеги жойбарлар, абырайлы грант бағдарламалары ҳәм дүнья рейтинглерине жедел кириў имканиятына ийе болады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates