Илажда министрдиң орынбасары Ильзат Қосимов, KOIMA баслығы Юн Ён Ми, Корея Республикасының Өзбекстандағы елшиси Вон До Ён, сондай-ақ, еки мәмлекет бизнесиниң 100 ге шамалас ўәкиллери қатнасты.

2025-жылы өз-ара саўда көлеми дерлик 2 миллиард долларды қурады, Кореяның улыўма инвестицияларының көлеми 8 миллиард доллардан асты. Өзбекстанда Корея капиталының қатнасыўында 600 ден аслам кәрхана жумыс алып бармақта.

Тәреплер саўданы кеңейтиў, өзбек өнимлериниң Кореяға экспортын көбейтиў, аўыл хожалығы, санаат, энергетика, логистика, телекоммуникация ҳәм басқа да тараўларда жаңа исбилерменлик байланыслары ҳәм биргеликтеги жойбарларды раўажландырыў мәселелерин додалады.