Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Қырғызстан суў-энергетика тараўында бирге ислесиўге келисип алды

    8 қыркүйек 2025 2045

    7-сентябрь күни Шолпан ата қаласында Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Қырғызстан Республикасы энергетика ҳәм суў хожалығы министрлериниң қатнасыўында әмелий ушырасыў болып өтти.

    Өзбекстан Энергетика министрлигиниң мәлим етиўинше, сөйлесиўлер ўақтында үш мәмлекеттиң суў-энергетика системасының гүзги-қысқы мәўсимде турақлы ислеўин тәмийинлеў, бул бағдардағы бирге ислесиўди және де тереңлестириў мәселелери додаланды.

    Ушырасыў жуўмағында тәреплер турақлы жумысшы топардың мәжилислерин турақлы өткерип барыўға келисип алды ҳәм тийисли протоколларға қол қойды.

    Қазақстан Энергетика министрлигиниң мағлыўматына бола, Өзбекстан 2026-жылдың март-декабрь айларында Қазақстанға 900 миллион кВт саатқа шамалас электр энергиясын жеткерип бериў ҳаққындағы протоколға қол қойды. Бул муғдар электр станцияларын оңлаў ўақтында мәмлекеттиң қубла энергия аймағында прогноз етилип атырған жетиспеўшиликлерди қаплаў ушын мөлшерленген.

    "Қол қойылған протоколлар - бул анық санлар, мүддетлер ҳәм баҳалар көрсетилген жумыс ҳүжжетлери. Жеткерип бериўдиң техникалық шәртлерин белгилеп, ҳәзирги мәселелерди шешип алдық. Қазақстан өз миннетлемелерин орынламақта ҳәм шериклер тәрепинен де усындай қатнас жасаўға үмит етпекте. Бул пүткил регионның энергия системалары ҳәм суў тәмийнаты турақлылығының тийкары", - деп пикир билдирди Қазақстан энергетика министри Ерлан Аккенженов.

    Ерисилген келисимлер болажақ гүзги-қысқы мәўсимде қәўип-қәтерлерди азайтыў ҳәм кейинги вегетация мәўсимине шекем суўдың топланыўы ушын болжаў мүмкин болған шараятларды тәмийинлеў имканиятын береди, бул болса Қубла Қазақстан аграр секторы ушын әҳмийетли фактор болып есапланады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates