Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер Өзбекстан пуқаралары ушын виза тәртиплерин әпиўайыластырыў, виза алыў процесин жеңиллетиў мәселелери, сондай-ақ, визасыз тәртипти енгизиў перспективаларын додалады, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

Пуқаралардың өз-ара қатнаўы ушын және де қолайлы шараятлар жаратыўға айрықша итибар қаратылды.

Ушырасыўлар жуўмағында виза тәртип-қағыйдаларын және де әпиўайыластырыў арқалы туризм, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди жеделлестириўге келисип алынды.