Өзбекстан Аўғанстанда 220-500 кВ электр узатыў линиясы ҳәм подстанциялар қурыў бойынша финанслық келисимге қол қойды

    7 қыркүйек 2025 709

    6-сентябрь күни Аўғанстанның Қабул қаласында энергетика тараўына инвестицияларды тартыў ҳәм мәмлекеттиң энергетика тармағын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў бойынша биринши конференция болып өтти.

    Илажда Аўғанстан ҳүкимети, Өзбекстан, Түркменстан ҳәм Тәжикстан энергетика министрликлери делегациялары, халықаралық шөлкемлер ҳәм дипломатиялық миссиялардың ўәкиллери қатнасты.

    Өзбекстан Энергетика министрлиги баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, әнжуман шеңберинде Аўғанстанда 220-500 кВ күшлениўге ийе электр узатыў тармақлары ҳәм подстанциялар қурыў бойынша финанслық келисимге қол қойылып, жойбардың әмелге асырылыўы басланды. Қурылысты 2027-жылдың биринши шерегинде жуўмақлаў режелестирилген.

    Жойбардың әмелге асырылыўы Өзбекстан ҳәм Аўғанстан арасында электр энергетикасы тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет етеди. Өзбекстан, сондай-ақ, бөлистириў тармақларын модернизациялаў, есап-санақтың интеллектуаллық системаларын енгизиў ҳәм техникалық экспертиза арқалы энергияның исенимли жеткерип берилиўин тәмийинлеўди қоллап-қуўатлаўға таяр екенин тастыйықлады.

    Конференция Аўғанстан экономикасын раўажландырыў ҳәм регионның турақлы энергетика инфраструктурасын қәлиплестириў жолында әҳмийетли қәдем болды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates