Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң экология мәселелери бойынша кеңесгөйи - Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң баслығы Азиз Абдуҳакимов, Шорланыў шараятында биодийқаншылық халықаралық орайы (ICBA) бас директоры доктор Тарифа Альзабий, Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университети (Green University) ректоры, профессор Бахтиёр Пулатов, сондай-ақ, "ICBA CAC" постдокторанты доктор Маргуба Режапова қатнасты.

Азиз Абдуҳакимов өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Қарақалпақстан тәжирийбеси мақсетли инвестициялар жеке жойбардан тысқарыда да узақ мүддетли нәтийже келтириўи мүмкин екенлигин көрсетип атырғанын атап өтти. 2023-жылы Абу-Даби раўажланыў қорының 5,1 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржыландырыўы есабынан Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети "ICBA" менен биргеликте Қарақалпақстанның деградацияға ушыраған аймақларында турақлы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў системаларын раўажландырыў жойбарын әмелге асырды.

Жойбар шеңберинде үш көргизбе майданы жаратылды, климатқа шыдамлы егинлер сынақтан өткерилди, топырақ, суў ресурслары ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин нәтийжели басқарыў бойынша көзқараслар ислеп шығылды.

Азиз Абдуҳакимовтың атап өтиўинше, дәслепки жойбар әсте-ақырын технология ҳәм билимлерди жеткерип бериўдиң кең көлемли системасына айланды. 2025-2026-жылларда бағдарлама Қарақалпақстанның барлық 15 районындағы және 4 144 фермерди қамтып алып, жетистирилген ҳәм тарқатылған сапалы туқымның көлеми 20,9 тоннадан асқан. Бүгинги күндеги ўазыйпа тек ғана дәслепки инвестициялардың нәтийжесин баҳалаў емес, ал табыслы шешимлерди институционалластырыў, оларды кеңейтиў ҳәм келеси әўлад инвестицияларын тартыўдан ибарат екени атап өтилди.

Илаж даўамында Өзбекстан ҳәм "ICBA" арасындағы бирге ислесиўди және де раўажландырыў концепциясы да таныстырылды. Атап айтқанда, "Green University" тийкарында өзинде дала жойбарлары, лабораториялық изертлеўлер, кадрлар таярлаў ҳәм технологияларды әмелиятта қолланыўды бирлестиретуғын Орайлық Азия био дузлы дийқаншылық ҳәм климат турақлылығы орайын (CABACRH) шөлкемлестириў усыныс етилди. Бул басламаның әҳмийетли элементи сыпатында баҳасы 5 миллион долларлық спирулин лабораториясының қурылыўы режелестирилген болып, ол микро суў отлары, суў ресурслары ҳәм шорланыў бойынша изертлеўлер алып барыў, студентлер, изертлеўшилер ҳәм фермерлерди оқытыў ушын инфраструктурадан пайдаланыў имканиятын береди.

Жерлерди тиклеў тараўында инвестициялық таяр жойбарларды қәлиплестириў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Механизмлерден бири сыпатында "Green University" жанында "Қурғақ жерлер" жойбары лабораториясын (Drylands Project Lab) шөлкемлестириў усыныс етилди, бул жерде жойбарлар базалық көрсеткишлер, бюджет, экологиялық ҳәм социаллық кепилликлер, тийкарғы нәтийжелилик көрсеткишлери ҳәм мүмкин болған қаржыландырыў дәреклерин есапқа алған ҳалда таярланады. Баслама шеңбериндеги биринши халықаралық жыйынды 2027-жылы Орайлық Азия, Монголия ҳәм қурғақ климатлы басқа да регионлардан келген қәнигелердиң қатнасыўында иске қосыў усыныс етилмекте.

Сондай-ақ, илаж шеңберинде жерлерди қайта тиклеў сапасының регионаллық стандарты ҳәм мониторинг, есабат ҳәм тексериў системасын (MRV) ислеп шығыў усынысы додаланды. Тек ғана қайта тикленген аймақлардың майданы емес, ал өсимликлердиң қайта тиклениўи, топырақтың жағдайы, суў балансы, өнимдарлық ҳәм социаллық-экономикалық нәтийжелер баҳаланыўы нәзерде тутылған. Биринши басқышта жерлерди қайта тиклеў бойынша 5-10 жойбарда стандартты сынақтан өткериў усыныс етилмекте.

Буннан тысқары, қатнасыўшылар қаржыландырыўды тартыў ушын жойбарларды таярлаўға қаратылған Орайлық Азияда жер жойбарларын таярлаў орайын шөлкемлестириў мәселесин көрип шықты. Механизм техникалық-экономикалық изертлеўлер өткериў, базалық көрсеткишлер ҳәм MRVны қәлиплестириў, экологиялық ҳәм социаллық кепилликлер, экономикалық таллаў ҳәм финанслық структураланыў сыяқлы басқышларды қоллап-қуўатлаўды нәзерде тутады. Таярланған жойбарлар келешекте әмелдеги қаржыландырыў механизмлерине, соның ишинде, Глобал экологиялық қор, Жасыл климат қоры, халықаралық финанс институтлары, еки тәреплеме шериклер ҳәм жеке меншик капиталға бағдарланыўы мүмкин болады.

Илаж даўамында профессор Бахтиёр Пулатов ҳәм доктор Маргуба Реджапова илимий ҳәм институционаллық потенциалды раўажландырыў, билим алмасыў, кадрлар таярлаў, фермерлер ҳәм миллий мәкемелер менен бирге ислесиў мәселелери бойынша баянат жасады. "Green University" ҳәм "ICBA" арасындағы бирге ислесиў ҳәм "AquaBio Lab"тың илимий-изертлеў, инновация ҳәм технологиялық раўажланыў платформасы сыпатындағы жумысына, халықаралық жойбарлардың әмелий нәтийжелерине айрықша итибар қаратылды. Илаждың жуўмақлаўшы бөлими табыслы шешимлерди кеңейтиў ҳәм Өзбекстан ҳәм "ICBA"ның жаңа басламаларын қоллап-қуўатлаў ушын шерикликти кеңейтиў ҳәм жаңа инвестицияларды тартыўға бағышланды.

Илаж жуўмағында әҳмийетли принцип атап өтилди: бир табыслы инвестиция келеси инвестиция ушын тийкар жаратыўы керек - дәлиллер базасын қәлиплестириў, потенциалды арттырыў, технологиялардың тарқалыўын тәмийинлеў ҳәм қаржыландырыўға таяр жойбарлар портфелин жаратыў.