Бул ҳаққында гидрометеорология хызмети ескертпекте.

Атап айтқанда, Қашқадәрья, Сурхандәрья, Самарқанд, Наўайы, Жиззақ, Ташкент, Наманган, Ферғана ҳәм Әндижан ўәлаятларының айырым аймақларында қәўип болыўы прогноз етилмекте.

Сел-суў өтиўи мүмкин болған аймақлардың ең кең дизими Әндижан ўәлаятында келтирилген. Әндижан, Асака, Жалақудық, Қорғантепа, Пахтаабад, Избасқан, Хожаабад, Марҳамат районлары ҳәм Ханабад қаласы ҳаққында сөз бармақта.

Буннан тысқары, республиканың айырым аймақларында жаўын-шашын суўлары топланып, аймақларды суў басыўы мүмкин.

Таў алды ҳәм таўлы аймақларда жасаўшы пуқаралар, дем алыўшылар, сондай-ақ, таўлы аймақларға барыўды режелестирип атырған айдаўшыларға қәўипсизлик илажларына әмел етиў ҳәм ҳаўа-райы шараятларын есапқа алыў усыныс етилмекте.

Таўлы аймақларға барғанда жоллардағы жағдайды алдыннан баҳалаў, суў топланыўы ямаса сел келиўи мүмкин болған аймақларға бармаў усыныс етиледи.