Өзбекстан Пусан қаласындағы WADA пүткил жер жүзилик конференциясында қатнаспақта

    Спорт 4 желтоқсан 2025 199

    Пусан қаласында (Корея Республикасы) Жәҳән антидопинг агентлигиниң (WADA) гезектеги Жәҳән конференциясы болып өтпекте. Абырайлы форумда Өзбекстан спорт министри Адҳам Икрамов ҳәм Миллий антидопинг агентлиги директоры Абдушукур Содиқов қатнаспақта.

    Конференция шеңберинде 2027-жылы күшке киретуғын Жәҳән антидопинг кодексиниң жаңа редакциясы додаланбақта. Жаңаланған ҳүжжетке халықаралық антидопинг системасының ашық-айдынлығы ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, спортшылардың ҳуқықларын қорғаўды күшейтиўге қаратылған бир қатар әҳмийетли жаңалықлар киргизилген.

    Өзбекстан делегациясы ХОҚ президенти Кирсти Ковентри, WADA президенти Витольд Банка, ХОҚ ҳүрметли президенти Томас Бах ҳәм жәҳән спорт жәмийетшилигиниң басқа да жоқары мәртебели ўәкиллери менен сөйлесиўлер өткермекте. Бирге ислесиўди тереңлестириў ҳәм антидопинг басламаларын және де раўажландырыў перспективалары додаланбақта.

    Сондай-ақ, ушырасыўлар даўамында 2026-жыл 26-27-январь күнлери Өзбекстанда өткерилиўи режелестирилген Регионаллық антидопинг шөлкеминиң (RADOCA) жыллық есап бериў мәжилисине таярлық көриўдиң шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылмақта.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates