Ҳүжжет ЖДСШның Европа регионында суў тәмийнаты, санитариялық ҳәм гигиеналық системаларды беккемлеўге қаратылған болып, халықтың саламатлығын қорғаўда әҳмийетли орын ийелейди.
Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў министрлиги Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитетиниң қәнигеси Ольга Миршина қурғақ климатлы мәмлекет ушын суў ҳәм санитариялық мәселелер айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти.
"Өзбекстан Орайлық Азияның орайында жайласқан болып, климат өзгериўи ақыбетлери ҳәм суў тәмийнаты машқалаларына айрықша бейимлескен. Протоколға қосылыў бизге қәўипсиз ишимлик суўы ҳәм санитарияны тәмийинлеў бойынша басламаларды алға қойыўға жәрдем береди", - деп атап өтти ол.
Протокол экология, суў ресурслары ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларын тиккелей байланыстыратуғын бирден-бир халықаралық ҳуқықый ҳүжжет болып, 2005-жылдан берли әмел етпекте. Ол мәмлекетлерге халықтың таза суў, санитариялық шараятлар ҳәм гигиенаға теңдей ийе болыўын тәмийинлеўге жәрдем береди.
Протокол себепли 2010-жылы БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен инсанның суў ҳәм санитариялық ҳуқықларын тән алыў ушын тийкар таярланды. Бүгинги күнде бул ҳүжжет нәтийжели халықаралық бирге ислесиўдиң үлгиси болып, миллионлаған адамлардың турмыс сапасын жақсылаўға хызмет етпекте.
БМШ ЕЭК Атқарыўшы хаткери Татьяна Молчан күшейип атырған климат өзгерислери ҳәм жаңа қәўип-қәтерлер, соның ишинде, киберқәўип-қәтерлер турақлы суў тәмийнаты ҳәм санитариялық системаларды тәмийинлеў ўазыйпасын және де әҳмийетли етип атырғанын атап өтти.
"Қәўипсиз ҳәм әдалатлы келешекти қурыў ушын турақлы ҳәм тең ҳуқықлы суў тәмийнаты, санитариялық-гигиеналық системаларға инвестиция киргизиўимиз керек", - деди ол.
БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш өз мүрәжатында Протокол шеңбериндеги жумыслар қәўипсиз суў ҳәм санитариялық хызметтен пайдаланыў имканиятын жақсылаў, кеселликлердиң алдын алыў ҳәм турмыс сапасын арттырыўға хызмет ететуғынын еслетип өтти.
Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматларына бола, бүгинги күнде дүнья жүзи бойынша 2 миллиард адам таза суўдан пайдаланыў имканиятына ийе емес, 1,4 миллиард адам болса жаман санитариялық шараят себепли қыйналмақта. Европа регионында 118 миллион халық тийкарғы санитариялық стандартлар болмаған мәкемелерде емленеди. Ҳәр күни 14 адам патас суў ҳәм гигиена менен байланыслы кеселликлерден қайтыс болмақта.
Өзбекстанның Протоколға қосылыўы денсаўлықты сақлаў, экология ҳәм суўдан турақлы пайдаланыў тараўларында халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўде әҳмийетли қәдем болды.








