Өзбекстан Түркия аймақлары менен санаат шериклигин кеңейтпекте

    Бизнес 25 қыркүйек 2025 375

    Өзбекстанның дипломатиялық ўәкилханалары жәрдеминде "Өзтоқымашылықсанаат" ҳәм "Өзбылғарысанаат" ассоциациялары, "Бухара", "Наманган", "Қоқанд" ҳәм "Косан" санаат зоналары ўәкиллеринен ибарат делегациялар Түркияның бир қатар қалаларында болды.

    Жумысшы топарлар Стамбул, Бурса, Измир, Конья, Денизли, Айдин, Қаҳраманмараш ҳәм Газиантеп қалаларында болып, Түркияның тоқымашылық ҳәм былғары аяқ-кийим санаатындағы 85 тен аслам потенциаллы компаниялары менен В2В форматында сөйлесиўлер өткерди, олардың өндирис жумысы менен танысты, деп хабар береди "Дунё" МА.

    Қала ҳәкимлери, Денизли ҳәм Айдин ўәлаятларының ҳәкимлери менен ушырасыўларда Өзбекстанның жеңил санаат тармақларында, атап айтқанда, тоқымашылық ҳәм аяқ кийим санаатында бирге ислесиў перспективалары додаланды.

    Еки тәреплеме саўда-экономикалық байланысларды буннан былай да кеңейтиў, Өзбекстанда Түркия компанияларының қатнасыўында қоспа кәрханалар шөлкемлестириў, өз-ара саўда көлемин арттырыў мәселелери бойынша пикир алысылды.

    Сондай-ақ, аймақлардың Саўда-санаат палаталары менен биргеликте мәмлекетимиздиң тоқымашылық ҳәм былғары аяқ-кийим санаатына қәнигелескен аймақларының потенциалы, "сорсинг" механизми арқалы буйыртпа бериў, биргеликтеги маркетинг офислерин ашыў, өндирис қуўатлықларын Өзбекстанға көшириў мәселелерине бағышланған түрк компаниялары ушын презентациялар өткерилди.

    Ушырасыўлар шеңберинде «DeFacto» ҳәм «Bebetto» кийим-кеншек брендлери Өзбекстан базарына кириў имканиятларын үйрениў ҳәм жергиликли ислеп шығарыўшылар менен бирге ислесиўди жолға қойыўға қызығыўшылық билдирди.

    Сөйлесиўлер ҳәм ушырасыўлар жуўмағында түрк компаниялары менен биргеликте бос турған имарат ҳәм объектлерден пайдаланыў, тоқымашылық ҳәм былғары аяқ кийим кәрханаларын тиклеў бойынша келисимге ерисилди.

    Буннан тысқары, Түркия компанияларының бизнес миссияларының Өзбекстанға сапарын шөлкемлестириў, сондай-ақ, усы жылдың октябрь айында өткерилиўи режелестирилген «Uzbek Import Fair 2025», «Heimtextil Uzbekistan - 2025» ҳәм «UzCharmExpo 2025» көргизбелери шеңберинде бирге ислесиўдиң анық шәртлерин белгилеўге келисип алынды.

    Сондай-ақ, Өзбекстан делегациясы Стамбул қаласындағы бир қатар маркетинг кәрханалары менен бирге ислесиўди жолға қойып, Өзбекстан өнимлерин Түркия базарында нәтийжели үгит-нәсиятлаў, брендлердиң танылыўын арттырыў ҳәм сатыў каналларын кеңейтиў бойынша ҳәрекетлер режесин ислеп шықты.

    Сондай-ақ, тәреплер Түркия аяқ кийим ислеп шығарыўшылар ассоциациясы (TASD) жәрдеминде Өзбекстанға былғары өнимлерин экспорт етиўди жолға қойыўға келисип алды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates