Ушырасыўдан мақсет шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў, қайта ислеў ҳәм утилизациялаў бойынша алдынғы япон технологияларын енгизиў, сондай-ақ, айланба экономика ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша бирге ислесиў перспективаларын додалаўдан ибарат.
Ishigaki Company Ltd ўәкиллери 67 жылдан аслам ўақыт даўамында фильтрлеў, суў тазалаў ҳәм шығындыларды қайта ислеў тараўында табыслы жумыс алып барып, дүньяның түрли мәмлекетлеринде инновациялық шешимлерди енгизип киятырған компанияның көп жыллық жумысы ҳаққында айтып берди. Япония тәрепи Өзбекстанның инфраструктура, экология ҳәм таў-кән санааты тараўларындағы реформаларына жоқары қызығыўшылық билдирип, биргеликтеги жойбарлар потенциалын үйрениў ушын изертлеў миссиясын өткериўге таяр екенин билдирди.
Экология министри Азиз Абдуҳакимов Өзбекстан шығындыларды басқарыў ҳәм "жасыл" технологияларды енгизиў бағдарламаларын жедел әмелге асырып атырғанын атап өтти. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетте 14 бағдар, соның ишинде, 114 миллион долларлық медициналық шығындыларды утилизациялаў жойбары, Waste to Energy кәрханалар тармағын раўажландырыў, "жасыл тариф" системасын енгизиў, Европа Аўқамы, ACWA Power ҳәм EPSE OY компаниялары менен бирге ислесиў жолға қойылған.
Министр климаттың өзгериўи шараятында экология ҳәм тәбияттан ақылға уғрас пайдаланыў мәселелери мәмлекеттиң стратегиялық тийкарғы бағдарына айланып атырғаны, онда алдынғы халықаралық тәжирийбеден, әсиресе, Япония технологияларынан пайдаланыў үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.
Сөйлесиўлер жуўмағында тәреплер Шығындыларды қайта ислеў ҳәм айланба экономиканы раўажландырыў агентлиги ҳәм Ishigaki Company Ltd компаниясы арасында бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумды таярлаўға келисип алды. Ҳүжжетте қәнигелерди алмасыў, экологиялық аудит өткериў, биргеликтеги изертлеў бағдарламаларын жаратыў ҳәм япон технологияларын Өзбекстан шараятына бейимлестириў нәзерде тутылады.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер бул бирге ислесиў айланба экономика принциплерин алға қойыў, экологиялық шешимлерди енгизиў ҳәм Өзбекстанның турақлы раўажланыўын тәмийинлеўде әҳмийетли қәдем болатуғынына исеним билдирди.








