Жаңа тәжирийбе жойбары шеңберинде аўыл хожалығы тараўының
40 қәнигеси Италияға мәўсимлик жумысларға жиберилмекте.
Қатнасыўшылар еки ай даўамында итальян тилин үйренип,
зәрүр таярлықтан өтти. Олар 1-октябрьден баслап мийўе-овошларды қайта ислеў
бойынша Италияның SALVI
шөлкеминде жумыс алып барады.
Мәўсимлик жумыслар пуқараларға белгиленген мүддет
даўамында нызамлы мийнет етиў, дәрамат алыў ҳәм халықаралық тәжирийбе арттырыў
имканиятын береди. Жумыс жуўмақланғаннан соң, олар Өзбекстанға қайтыўы ҳәм
алған билим ҳәм көнликпелерин келеси жумысларында қолланыўы мүмкин болады.
Бул сынақ жойбары нәтийжесинде Италияға
шөлкемлескенлик тийкарында жумыс ислеў ушын жиберилетуғын пуқаралардың санын
басқышпа-басқыш көбейтиў, сондай-ақ, жумысқа орналасыў ушын жаңа бағдарлар ашыў
режелестирилген.