Тәреплер еки мәмлекет басшыларының дослық руўхындағы сөйлесиўлери себепли туўысқан халықларымыз арасындағы бирге ислесиў барлық тараўларда жедел раўажланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Атап айтқанда, нефть-газ тараўында еки мәмлекеттиң мәмлекетлик компаниялары бир қатар перспективалы жойбарлар үстинде жумыс алып бармақта.
Сөйлесиўлерде нефть-газ тараўындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы, оны буннан былай да кеңейтиў, экономикалық интеграцияны беккемлеў ҳәм биргеликтеги басламаларды әмелий жақтан алға қойыў имканиятлары додаланды.
Ушырасыў жуўмағында әмелий бирге ислесиўди жеделлестириў, геологиялық-излеў жумысларын алып барыў ҳәм углеводород шийки затын терең қайта ислеў бойынша перспективалы бағдарларды раўажландырыўды нәзерде тутатуғын шерикликти жаңа басқышқа көтериўге келисип алынды.








