"Өзбекнефтгаз" биржа арқалы АИ-80 бензинин сатыўды тоқтатты

    Саноат[kk] 2 қыркүйек 2025 617

    2-сентябрьден баслап "Өзбекнефтгаз" АЖ АИ-80 маркалы бензинди биржа саўдалары арқалы сатыўды тоқтатқан еди.

    Бул Президенттиң "Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм жасыл экономика жылы"нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында"ғы пәрманының орынланыўы шеңберинде әмелге асырылмақта.

    Бағдарламаға муўапық, компания басқышпа-басқыш жоқары октанлы жанылғы ислеп шығарыў ҳәм сатыўға өтпекте ҳәм сентябрьден баслап биржа саўдаларына тек ғана АИ-92 маркалы бензин усыныс етилмекте.

    Усы мүнәсибет пенен оны сатыў көлеми сезилерли дәрежеде арттырылды: алдын 1000 тонна сатылған болса, ҳәзир 1720 тонна сатылмақта. Егер жоқары талап сақланып қалса, компания жеткерип бериўди көбейтиўге таяр.

    Соның менен бирге, усы жылдың август айында исбилерменлер тәрепинен сатып алынған АИ-80 маркалы автобензинниң көлемлери сентябрь айында өз ийелерине миннетлемелер шеңберинде ҳәм бар болған қалдықлар есабынан жеткерип бериледи.