Өзбекстанлы актриса Юлдуз Ражабова Ақтаў қаласында өткерилген халықаралық кинофестивалда "Ең жақсы актриса" номинациясы жеңимпазы болды

    7 қазан 2025 970

    Қазақстанның Ақтаў қаласында 1-4-октябрь күнлери "Қорқыт ата" түркий халықлар халықаралық кинофестивалы болып өтти.

    Онда Өзбекстан, Қазақстан, Түркия, Әзербайжан, Қырғызстан, Түркменстан ҳәм Венгриядан режиссёрлар, актёрлар ҳәм кино тараўының ўәкиллери қатнасты. Фестиваль шеңберинде 50 ден аслам көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлер көрсетилди, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

    Фестивалда Кинематография агентлиги директоры Шуҳрат Ризаев басшылығындағы Өзбекстан делегациясы да қатнасты. Ол "Бәҳәрди қуўып", "Жәдид мектеби", "Ўәлий Ғафуров", "Шамскамар", "Гол" ҳәм "Актриса" сыяқлы фильмлерди тамашагөйлерге усынды.

    Фестивалдың жабылыў мәресиминде ең жақсы фильмлер, режиссёрлар ҳәм актёрлар анықланды. "Ең жақсы актриса" номинациясында өзбекстанлы Юлдуз Ражабова ҳәм түркиялы Мина Доған жеңимпаз болды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates