Командалық беллесиўлерде ҳаял-қызлар ҳәм аралас бағдар бойынша ўәкиллеримиз екинши орынды ийеледи.

Солай етип, сайланды командамыз жәҳән чемпионатын 1 алтын, 5 гүмис ҳәм 3 бронза медаль менен жуўмақлады.

Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери:

Алтын:

  • Муслима Нуриддинова - 61 кг.

Гүмис:

  • Бекзод Жамилов - 80 кг ға шекем.
  • Қудратай Ташпулатов - 67 кг ға шекем.
  • Ҳаял-қызлар командалық бағдарламасы (Ақидахан Ахтамова, Насиба Тошпулатова, Рухшона Ўктамова)
  • Аралас команда (Бекзод Жамилов, Муслима Нуриддинова, Ҳусниддин Усмонов)

Бронза:

  • Насиба Тошпулатова - 45 кг ға шекем.
  • Рухшона Ўктамова - 67 кг ға шекем.

Өзбекстан Миллий паралимпия комитети бул нәтийже спортшыларымыздың пара пауэрлифтинг бойынша жәҳән чемпионатларында қатнасыўы тарийхындағы ең жақсысы болғанын атап өтти. Комитет спортшы ҳәм тренерлерди қутлықлап, алдағы жарысларда табыслар тиледи.