Өзбекстанлы қәнигелер Қубла Кореяда Е-7 визасы тийкарында ислеўи мүмкин болады

    Өзбекстан Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлиги ҳәм Корея Республикасының Кёнсаннам-до провинциясы тәрепинен маман жумысшылар ушын Е-7 виза бағдарламасы бойынша бирге ислесиў келисимине қол қойылды.

    Ҳүжжетке муўапық, өзбекстанлы жас қәнигелер ўәлаяттың ири санаат тармақларында аймақлық виза тийкарында ислеўи, жоқары маман кадрлар сыпатында билим ҳәм кәсиплик шеберлигин раўажландырыўы мүмкин болады.

    "Бүгинги Миграция агентлиги менен дүзилген келисим - ўәлаятымыз тарийхында сырт ел жумысшы күшин тартыў бойынша биринши ҳүжжет. Биз тил билиўге айрықша итибар қаратып атырмыз, өзбек жасларының таярлық дәрежеси ҳәм билимлендириў системасын жоқары баҳалаймыз", - деп атап өтти Кёнсаннам-до губернаторы Пак Вансу.

    Сондай-ақ, ушырасыўда тәреплер мәўсимлик жумысшылар ушын Е-8 виза бағдарламасын додалап, келешекте бул бағдарда да биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға келисип алды.

    Мағлыўмат ушын:

    Е-7 (Specially Designated Activities Visa) - белгили бир қәнигеликлер бойынша маманлыққа ийе болған сырт еллилерге берилетуғын кәсиплик жумыс визасы.

    Е-8 (Seasonal Worker Visa) - сырт еллилерди аўыл хожалығы ҳәм балықшылықта мәўсимлик жумысларға тартыў ушын ўақтыншалық виза.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates