Усы жылдың 11 айы жуўмақларына бола, Өзбекстан пуқараларының Японияға сапар етиў мақсетлери структурасында туризм үстинлик еткен - 2,2 мың адам. Сондай-ақ, 294 адам туўысқанларынан хабар алыў мақсетинде, 137 адам билим алыў мақсетинде, 58 адам хызмет мақсетинде, 4 адам емлениў мақсетинде сапарға барған.
Соның менен бирге, 30 мыңға шамалас Япония пуқарасы Өзбекстанға туристлик мақсетлерде келген. Япониялы туристлердиң саны өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 41,1 процентке артты.
Япония пуқараларының саяхат мақсетлери структурасында туризм тийкарғы үлести - 27,6 мың адамды қурады. Сондай-ақ, 1,5 мың адам туўысқанларынан хабар алыў мақсетинде, 784 адам хызмет мақсетинде, 71 адам оқыў мақсетинде ҳәм 1 адам коммерциялық мақсетинде келген.








