Денсаўлықты сақлаў
министрлигинен мәлим етиўинше, Әндижан районында жасаўшы Дилдорахон Аҳмедова
20-август күни көп қабатлы ҳәмиледарлық диагнозы менен емлеўханаға жатқарылған.
Ҳаялға кесер кесими
мүддетинен алдын өткерилген. Туўыўды маман акушер-гинекологлар, неонатологлар
ҳәм реаниматологлар табыслы қабыл етти.
Жаңа туўылған балалардың
салмағы:
биринши қыз бала - 1840
грамм;
ул бала - 1 534 грамм;
екинши қыз бала - 1 584
грамм;
үшинши қыз бала - 1 756
грамм.
Ҳәзирги ўақытта ана ҳәм төрт
егизек тәжирийбели медицина қәнигелериниң қадағалаўында.
Еслетип өтемиз, бул усы жылы
Әндижанда бир неше перзенттиң туўылыўы менен байланыслы биринши жағдай емес.
Июнь айында ўәлаятта төрт, июль айында болса бес егизеклер туўылды.