Бостанлық районында қуўатлылығы 20 МВт болған Чарвақ самал электр станциясы қурылмақта

    14 қараша 2025 265

    Ташкент ўәлаятының Бостанлық районында қуўатлылығы 20 мегаватт болған "Чарвақ самал электр станциясы қурылысы" жойбары басланды. Станцияны 2026-жылы пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген.

    Энергетика министрлигиниң мәлим етиўинше, электр станциясы иске қосылғаннан соң жылына орташа 50 млн кВт/саат электр энергиясын ислеп шығарыў имканияты жаратылады, бул болса 15 млн куб метр тәбийғый газди үнемлеў ҳәм атмосфераға 22 мың тонна зыянлы газлер шығыўының алдын алыў имканиятын береди.

    Жаңа самал электр станциясы 20 мыңға шамалас шаңарақты электр энергиясы менен тәмийинлеп, аймақта экологиялық таза энергетиканы раўажландырыўға хызмет етеди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates